ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ФРАЗЕМАЛАРДЫҢ ОККАЗИОНАЛ СТИЛЬЛИК ХЫЗМЕТЛЕРИ

Тил байлықларының ишинде фразеологизмлердиң орны бир бөлек, олар тилдиң қаймағы сыпатында көзге тасланады. Олар халық даналығына суўғарылған образлы ойлаў тилиниң үлгиси. Фразеологизмлер миллий тилдиң сөзлик қурамында әсирлер даўамында қәлиплескен өзгеше мәнилик белгилерге, айрықшалықларға, эмоционаллық-экспрессивлик күшейтиўши терең мазмунға ийе айрықша қатлам болып табылады. Сөзлик қурамдағы басқа лексикалық бирликлерге қарағанда өзине тән айрықша белгилерге ийе. Сөзлик қурамда фразеологизмлер оғада көп санда ушырасады. Олар семантикалық-стильлик жақтан айтылайын деген ой-пикирдиң анықлылығын, терең мәнилилигин, өткирлигин бериўде, өзине тән семантикалық бояў бериўде, нәтийжеде пикир тәсирлилигин пайда етиўде жедел қатнасады. Тилимиздеги бундай қәлиплесип кеткен фразеологиялық сөз дизбеклери көркем шығарма тилинде ҳәр қыйлы хызмет атқарады. Фразеологизмлер арқалы жәмийеттеги қубылысларды тәбият көринисин көркемлеп сүўретлеп бериўге болады. Сондай-ақ, шығарманың идеясын бериўде, образ, характер жасаўға қатнасады. Фразеологиялық сөз дизбеклери тилимизде көбинесе, аўыспалы мәниде қолланылып, әдебий образларды сүўретлеўде оның стильлик көркемлигин арттырады. Шайыр И.Юсупов шығармаларында фразеологизмлер өзине тән тәбийғый (поэзиялық) образлылығы арқалы улыўма ой-пикирди жанландырып шығарма тилиниң көркемлигин арттырып, жүдә шебер пайдаланылғанын көремиз.

___

  • Абдиназимов, Ш. (1998). Бердақтың фразеологиялық жаңашыллығы. Әмиўдәрья. №1-2, -Б. 108-109.
  • Исаев, С. (1989). Қазақ əдеби тiлiнiң тарихы. Алматы.
  • Йўлдошев, Б. (2013). Ўзбек Фразеологияси ва Фразеографияси Масалалари. Тошкент.
  • Кучкартаев, И. (1965). Фразеологическое Новаторство Абдулла Каххара. Автореф. Дисс.. канд. Филол. Наук. Ташкент.
  • Қожахметова, Х. (1972). Фразеологизмдердиң Көркем Əдебиетте Қолданылыўы. Алматы.
  • Чорев, Т. Р. (2001). Садриддин Айний публицистик асарларининг тили ва услуби (Лексика ва фразеология). Самарқанд.